«Қарақалпақ мәденият ошағы!»




Усы жылы 15 декабрь куни пайтахтымыздың мәденият ошағы, халқымыздың мақтанышы болған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры өзиниң 90 жыллық байрамын кең турде белгиледи.




Байрамға Республикамыздың коплеген ўалаятлары ҳәм Ташкент қаласынан мийманлар келди.
  



Байрам кешеси Қарақалпақстан Республикасы Жоқаргы Кеңеси комитет баслығы Даўытбай Қурбаниязов Жоқарғы Кеңес баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қутлықлаўын оқып кешени ашық деп жариялады.


Концерт даўамында Қ.Заретдиновтың «Қырық қыз» балетиниң жаўынгер қызлар ойыны ҳәм концерт бағдарламасында белгиленген басқада шығыслар атқарылды.











Концерт соңында Қарақалпақстан мәденият министирлиги тәрепинен театр директоры Қалбай Турдиев «Қарақалпақстанға ҳызмет корсеткен мәденият ҳызметкери» ҳәмде Гульхан Сарыбаева «Қарақалпақстанға ҳызмет корсеткен артист» хурметли атақлар берилди, соның менен бирге театрдын өнер раўажланыўына қосқан ўлеслери ўшын Мархабай Усенов, Айпара Толепова, Бахтияр Сайфуллаев, Мырзагул Сапаева ҳәм басқалар хурмет жарлығлары менен сыйлықланды.












Концерт кешесинен кейн Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының 90 жыллық юбилей байрамына арналған көргизбе болып өтти. Көргизбе маған қатты унады, себеби бўл көргизбеде театрдың биринши ашылыўындағы қолдан сызылған картиналар, 1926 жылдан ҳазирги ўақытқа дейнги қарақалпақстанда қойылып келген барлық спектакльлердиң суўретлери ҳәм сол спектакльлерде ойнаған актёрлардың костюмлери қойылған.








Концерт кешесиниң декорацияларын таярлаған Темур Шардеметов хәм де көргизбе декорацияларын таярлаған Бахтияр Серекеев.

Фото Нағмет Хамидуллаев
Таярлаған Ислам Турганбаев

Комментарии

Популярные сообщения из этого блога

Dunyodagi eng chiroyli ko’chalar

Кто и зачем создал подводный музей?